QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASI MEKTEPKE SHEKEMGI HÁM MEKTEP BILIMLENDIRIW MINISTRLIGI
KEGEYLI RAYONLÍQ MEKTEPKE SHEKEMGI HÁM MEKTEP BILIMLENDIRIW BÓLIMI

Без названия

0

 
  

Кегейли районы ҳәкими

Камалов Айбек Қудабаевичтиң
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы ҳәм де жаңа 2024-2025 оқыӯ жылының басланыӯы менен қутлықлаӯ сөзи

 

Ассалаӯма әлейкум,

Ҳүрметли устазлар ҳәм де оқыӯшылар!

 

         Ең әӯеле Сизлерди Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы ҳәм де жаңа 2024-2025 оқыў жылының басланыўы менен қызғын қутлықлайман.

 

Ҳүрметли Устазлар ҳәм де ата-аналар!

Ҳәммемизге белгили, бүгин Өзбекстан бойлап барлық билимлендириӯ орынларында оқыӯ Ғәрезсизлик сабақлары менен басланбақта.

Өткен дәӯир ишинде Ғәрезсизлигимиздиң шарапаты менен бир қанша жоқары нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, экономика, қурылыс, аӯыл-хожалығы билимлендириӯ, спорт, мәденият, тараӯларында алға илгерилеӯлер жүз берди.

 

Қәдирли устазлар ҳәм де оқыӯшылар!

Ҳүрметли Президентимиздиӊ Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатнамасында,
2024-жылды «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў» жылы деп белгилеўди усыныс етип, “Билимлендириў сапасын асырыў – Жаӊа Өзбекстан раўажланыўыныӊ бирден-бир туўры жолы”, деп көрсетип өткен еди.

Бул бағдарда оқытыўшыныӊ жәмийеттеги абыройын асырыў, келешегимиз болған жас әўладқа сапалы билим бериў, жаӊа әўлад сабақлықларын жаратыў, оқыўшы жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў, билимлендириў мәкемелериниӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқыў-тәрбия жумысларын сапалы шөлкемлестириў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленди.

Ҳүрметли Президентимиз: Муғаллимге итибар - бул әўеле перзентлеримизге, олардың тәлим-тәрбиясына итибар, дегени. Муғаллимниң абыройы асса, мектептиң абыройы асады, илимниң, тәлим-тәрбияның қәдири көтериледи. Усының себебинен, муғаллим ҳәм оқыўшылар ушын шараятларды жақсылаў, билимлендириӯ сапасын асырыўға айрықша итибар қаратамыз”, - деген еди.

 

Ҳүрметли устазлар ҳәм де ата-аналар!

Мәмлекетимизде өткен жыллар даӯамында билимлендириў тараӯын раўажландырыўға қаратылған жоқары итибар, әмелге асырылып атырған реформалар өз көринисин таўып, бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

2023-2024-оқыў жылы жуўмағында мектеплеримизди
825
оқыўшы тамамлаған болса, соннан 349 (42,3%)  оқыўшы жергиликли ҳәм сырт елдеги жоқары оқыў орынларына студент болыӯ бахтына миясар болды

2024-2025-оқыў жылына 1-классқа улыўма орта билим бериў мектеплерине 1142 оқыўшы қабыл етилип, Президент саўғасы болған 13 атамадағы оқыў қураллары улыўма билим бериў мектеплерине жеткерип берилди.

2023-2024 оқыў жылында айрықша жетискенликлери ушын 20 оқыўшы алтын, 5 оқыўшы гүмис медаллары менен жуўмақлады.

Ҳүрметли устазлар ҳәм де оқыӯшылар!

Мәмлекетимизде өткен жыллар даӯамында билимлендириў тараӯын раўажландырыўға қаратылған жоқары итибар, әмелге асырылып атырған реформалар өз көринисин таўып, бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, “Абат мәҳәлле ҳәм абат аӯыл“ ҳәм де  Инвестиция мәмлекетлик бағдарламалары тийкарында улыӯма билим бериӯ мектеплериниң материаллық-техникалық базасы беккемленди.

“Жузим бағ” АПЖ аймагынан  жаӊадан қурылысы режелестирилген смета баҳасы 4500,0 млн.сум болган 90 орынлық Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын курыў жумыслары,

“Гүжим терек” МПЖ аймағындағы “Халкабад” поликлиника имаратын 1 млрд 500 млн есабынан капитал оӊлаў жумыслары,

“Гужим терек” МПЖ аймагында улыўма баҳасы 13 млрд 500 млн сўм болған жаӊадан 330 орынлық мектеп имаратын қурыў жумыслары,

“Бахытлы” МПЖ аймағындағы 420 орынлык 19-санлы орта мектеп имаратын реконструкциялаў ҳәм “Жүзим бағ” АПЖ аймағындағы 180 орынлық 40-санлы орта мектеп имаратын  реконструкциялаў жумысларының алып барылыўы бул быйылғы жылыда Кегейли үлкен қурылыс майданына айланып, халқымыз, перзентлеримиз ушын жақсы шараятлар жаратылып атырғанлығынан дерек береди.

 

Ҳүрметли Устазлар ҳәм де оқыӯшылар!

Сизлерди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыл толыӯы ҳәм де оқыӯ жылының басланыӯы менен қызғын қутлықлайман. Усындай әдиўли ўазыйпаларды атқарыўда бәршеңизге саў-саламатлық,
күш-қуўат, оқыӯларыңызда табыслар тилеймен. 

Отправить комментарий

0 Комментарии
Отправить комментарий
To Top